Қарақалпақ әдебиетін оқытуда "SWOT" талтау әдісін қолдану [Эссе]

Автор статьи : Азамат Т.
Организация : Қарақалпақстан, Хожелі районы, № 15 мектеп
Должность : Өз.Р Педагогикалық ғылымдар ғылыми-зерттеу институтының еркін зерттеушісі
Дата : 21.09.2022
Редакционная коллегия: журналға жариялауға қабылданбады

Аннотация. Бул мақалада автор мектеплерде әдебият сабақларында оқыўшылардың прозалық шығармаларды оқытыўда «SWOT» анализи методынан қолланыў усыллары ҳәм өзгешелиги ҳаққында сөз етеди.

Гилт сөзлер: Әдебият сабағы, интерактив метод, прозалық шығармалар, қызығыўшылық, нәтийжелилик Илимий жәмийетшилигимизге мәлим, мектеп әдебий билим процессине қойылатуғын әҳмийетли талаплардың бири-оқыўшыларда көркем тексттиң реңбе-реңлигин қабыллаў,анализ қылыў көнликпелерин раўажландырыўдан ибарат.Бунда муғаллимнен билимлендириў процессиниң өзгериўшең шараятында өзин жоғалтпаў, машқаланы анық көре алыў, оны қабыллаў, еркин пикир жүрите алыў, дөретиўшилик сыяқлы сыпатларға ийе болыўы зәрүр. Сол мәнисте заманагөй оқыў процессинде репродуктив методлар бирқатарда нәтийжеликке, излениўшеңликке бағдарланған интерактив методларды қолланыў мүмкиншилиги бар.Бул өз гезегинде оқыўшыларды Н.Азизходжаева атап көрсеткениндей: «…логикалық пикир жүргизиў ҳәм машқалаларды илимий тийкарда дөретиўшилик пенен шешиўге үйретеди; керекли билимлерди өз бетинше излениўге әдетлендиреди; қыйыншылықларды жеңиў көнликпесин пайда етеди; оқыў материалын түсиникли дәрежеде баян етиў ҳәм терең өзлестириў имканиятын береди; өзлестирилген билимлердиң анықлығы ҳәм исенимлигин тәмийнлейди; билим алыўға болған қызығыўшылығын оятады; улыўма  дөретиўши жеке тулғаны қәлиплестириўге жәрдем береди »[1,65] Ҳәзирги күнде билимлендириў мекемелеринде қарақалпақ әдебиятын оқытыўда дәстүрий методлардан тыскары интерактив метод ҳәм усыллардан әмелиятта қолланыў кеңнен ен жайып бармақта. «Оны оқытыўдың субъеклери-муғаллим, оқыўшы, оқыўшылар топарының бирге ислесиўи, жедел пикир тартыслары, өз-ара пикир алмасыўлар тийкарында шөлкемлестириў зәрүр. Оқыўшыларда еркин пикирлеў, жеке көзқараслар екиленбей баян етиўи, машқалалы жағдайларда шешимлерин биргеликте излеў, оқыў материалларын толық өзлестириўге ерисиў, соның менен бирге «муғаллим-окыўшы-оқыўшылар топары»ның өз-ара ҳүрмет, түсиниў ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаўы жақсы мүнәсийбетте болыўы менен характерленеди.»[2, 123-б]. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет-әдебий билимлендириўдиң нәтийжелилигин асырыў болып есапланады. Сол мазмунда айтқанда, билимлендириў мекемелеринде қарақалпақ әдебияты сабақларында интерактив методларды қолланыў оның эффективлилигин асырыўшы фактор сыпатында алып қараў мүмкин. Төменде биз «SWOT» методы қолланыў ҳаққында тоқталып өтемиз. «SWOT» ( Strengths-Kүшли тәреплер, Weaknessses - Әззи тәреплер яки әззилик, Opportunities-Имканиятлар, Threats-Сыртқы орталықда бар қәўип-қәтерлер)методында оқыў тапсырмаларын ислеп шығыў, қатнасыўшыларда биринши ҳәм екинши мағлыўматларды ажыратыў көнликпе, тәжрийбесин қәлиплестириў талап етиледи. Бул методты әмелге асырыў ушын киши топарлар искерлиги шөлкемлестириледи. Топарларға темалар берилип, усы темадағы машкаланың күшли ҳәм күшсиз тәреплери, оны раўажландырыўшы ишки имканиятлар менен бирге оған тосық болатуғын сыртқы қәўип-қәтерлер сәўлелендиреди. Әдетте, бул метод көбинесе экономикалық пәнлерди оқытыўда қолланылған менен оны гуманитар пәнлерди оқытыўда да педагог тәрепинен нәтийжели қолланса болады. Бул өз гезегинде муғаллимниң оған дөретиўшилик пенен қатнасыўы ҳәм өзиниң педагогикалық шеберлигине сүйениўи, оқыўшылардың жасына сай оптимал вариантларын ислеп шығыўына да тиккелей байланыслы. Мәселен, әдебият сабақларында темадағы шығарма қаҳарманы яки ўақыялар анализ еткенде усы методтан пайдаланыў мақсетке муўапық. Бунда образдың күшли тәреплери, характериндеги әззилик жақларын оқыўшылар анализ қылыў барысында әдебий қаҳарманның имканиятлары ҳәм де оның әззилигине тәсир етиўши қәўип-қәтер және ақыбетлерды үйренип шығады. Бул метод төмендеги формада шығарма мазмунын анализ қылыўда, оны стратегиялық жақтан режелестириўге жәрдем береди. Методты қолланыўда бир сабақ алдын усы аббератураны қураған сөзлердиң англичанша формасы жазып көрсетиледи ҳәм жазып қойылады.[3, 14-б] Олардың қарақалпақ тилинде берилиўин оқыўшыларға төмендеги формада көрсетиў мүмкин. Улыўма орта билим бериўши мектеплердиң 9-класс «Қарақалпақ әдебияты» сабақлығында оқыў бағдарламасына сәйкес жазыўшы М.Нызамовтың «Әкениң ҳүрмети» деген гүрриңи өтиледи. [4, 213-219-б] Сабақ барысында оқыўшыларға бул гүрриңдеги Қутлымурат образына сыпатлама бериў, оның өзине тән белгилерин ашып көрсетиў ҳәм талқылаў ушын тапсырма бериледи, педагог тәрепинен түсиндирилип береди.

Қутлымурат образы

Күшли тәрепи: Саўда-сатық бабында епшиллиги, өз мийнетиниң арқасында үлкен мәртебе, табысларға ерискенлиги; Әззи тәрепи: Өлини тирисинде сыйламаўы, меҳр-акыбетсизлиги, диянатсызлығы; Имканиятлары: Оның үлкен байлыққа ийе болыўы, ўақыт ҳәм инсанның өз ўақтында аңлап жетиўи ҳәм оған өзин ылайықлы тутыўы мүмкинлиги; Қәўип-қәтерлер: Меҳр-ақыбетсизлигиниң әшкараланыўы, көпшилик алдында абырайсызланыўы ҳ.т.б. Усы орында ҳәр бир пикир логикалық дәлиллер менен өз көринисин табыўы берилген текстлерге сүйенилиўи шәрт етип қойылады.Бул арқалы бүгинги билимлендириўдиң алдындағы әҳмийетли ўазыйпаларының бири-мектеп оқыўшыларында дөретиўшиликти, өз бетинше ҳәм критикалық ой-өристи қәлиплестириўди әмелге асырыўға имканият жаратылады. Оқыўшы болса бул кестени толықтырыў, образға сыпатлама бериў арқалы усы әдебий шығармадағы көркем образға деген көзқарасы, шығарманың қунлылығы, турмыс шынлығына деген мүнәсийбети пайда болады ҳәм қәлиплеседи. Жуўмақлап айтқанда, қарақалпақ әдебияты пәнин оқытыўда муғаллим тәрепинен бул методты қолланыў сабақтың нәтийжелилигин асырыў менен бирге оқыўшының өз пикирин билдириўине, түрли шараятта дурыс қарар қабыл етиў көнликпесин кәлиплесиўине және де көркем әдебиятты үйрениўге интасының күшейиўине унамлы тәсирин тийгизеди. Бунда муғаллимниң өз пәнин қандай дәрежеде билиўи, сезиниўи, педагогикалық технологияларды ҳәм оқтыўдың интерактив методлардың мәниси ҳәм әҳмийети, қолланыў орны ҳәм имканият шеңбери ҳаққында тереңнен билимлерге ийе болыўы шешиўши баслы орынды ийелейди.


Әдебиятлар дизими:Азизходжаева Н.Н.Педагогические технологии и педагогические мастерство.-Т.., 2003, стр 65

  1. Йулдашов Қ.Янгиланган педагогик тафаккур ва мактабларда адабиёт ўқитишнинг илмий-методик асослари.Пед.фан.док.дис.Т..,1996,123-бет
  2. Қодиров В, Шодмонова М.Мумтоз адабиёт сабоғи уни ўқитишнинг янги параметрларига солиш мумкин(ми).«Тил ва адабиёт таълими» журналынан алынды.2014-жыл, №1,28-30-бет.
  3. Mámbetniyazov T, Bekbergenova Z, Mámbetniyazov Z.Ádebiyat. 9-klaslar ushın sabaqlıq. N.., «Bilim», 2019,213-219-betler
  4. Юсупов Қ.А. Академиялық лицейлерде қарақалпақ әдебиятын оқытыў методикасы. Монография. – Нөкис: Қарақалпақстан, 2019.
  5. Палымбетов К., Пирниязов И., Бердимуратова Р. Әдебиятты оқытыў методикасы. – Нөкис: 2009.
  6. Пахратдинов Ә. Қарақалпақ әдебиятын оқытыў методикасы. – Нөкис: Билим, 2004.
  7. Тобаназаров А.Кәсип-өнер колледжлеринде қарақалпақ әдебиятын оқытыўдың базы бир мәселелери.-Нөкис: “Билим”, 2015.
  8. Сағидуллаева Ж, Қаниязова Ж. Әдебият теориясын оқытыўда инновациялық технологиялар. – Нөкис: Қарақалпақстан, 2016.
  9. Қодиров В. Мумтоз адабиёт: ўқитиш муаммолари ва ечимлар. –Т.: Алишер Навоий номидаги Ўзбекистон Миллий кутубхонаси нашриёти. 2009.