Мектеплерде әдебият пәни бойынша сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестириу хаққында [Эссе]

Автор статьи : Азамат Т.
Организация : Оқытыушы
Должность : ҚР Хожели районы 15-санлы мектеп
Дата : 03.10.2022
Редакционная коллегия: Бұл мақала журналға жарияланбайды.

Мектеплерде қарақалпақ әдебияты бойынша муғаллим тәрепинен сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестириўде ҳәм түрлеринен қолланғанда оның қаншелли дәрежеде. нәтийжелилиги, педагогикалық, тәрбиялық тәсиршеңлилиги күшли етип алып барылыўында педагогтың каншелли дәрежеде педагогикалык шеберликке ҳәм тәжрийбелерге ийелилигине де тиккелей байланыслы. Сондай-ақ мектеплерде қарақалпақ әдебиятын оқытыў барасында окытыўшы сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестиргенде ҳәм искерлик алып көрсеткенде методист алым Ә.Пахратдинов атап өткениндей, кластан тыс жумыслардың бири сыпатында класстан тысқары оқыў, әдебий дөгереклер, ҳәр қыйлы оқыў конференцияларын шөлкемлестириў, мектепте өткерилетуғын әдебий кешелер ҳәм ертеликлер, ҳәр қыйлы саяхатлар, дийўалый газеталар ҳәм журналлар сыяклы дәстүрий формалары ҳәм усылларынан басқа бул бағдарда пән бойынша жаңа педагогикалық технологиялардан пайдаланған ҳалда дәстүрий емес усыл хәм формаларда, көбирек тәрбиялық характерге ийе сабақтан тыс жумысларды, ис илажларды алып барып, оннан күтилетуғын нәтийжелерге ериссе мақсетке мақсетке муўапық.

Анығырақ айтқанда, солардан мектеплерде бул пән бойынша сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестирип, алып барғанда ҳәр қыйлы тренинглерден (интерактив шынығыўларды өткериў процесси) мектептиң қарақалпақ әдебияты пәни оқытыўшысы тәрепинен қолланыў жақсы нәтийжелерге ерисе алады. Методист Ж.Ғ.Йулдошев ҳәм С.А.Усмановлар өзиниң педагогикалық мийнетлериниң биринде тренинг ҳаққында сөз етип, оны өткериў қағыйдаларына тоқталып өтеди. Олардың пикиринше:

Интерактив шынығыў (тренинг) процессиниң тийкарғы баскышлары:

  1. Сәлемлесиў (басшы,тренер ҳәм оқыўшылар);
  2. Кирис сөз;
  3. Танысыў;
  4. Күтилетугын нәтийжелер;
  5. Киши топарларға ажыратыў
  6. Киши топарлардың исин шөлкемлестириў;
  7. Презентациялар;
  8. Киши лекциялар;
  9. Талқылаў,пикирлесиўди өткериў;
  10. Жуўмақ ҳәм ўазыйпаларды белгилеў;
  11. Шынығыўды жуўмақлаўларды атап көрсетеди.

«Қәдембе-қәдем» тренинги

Тренингдиң мақсети: -Оқыўшылардың әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаў, көркем әдебиятқа болған қызығыўшылығын асырыў;

Тренингден күтилетуғын нәтийже: Оқыўшылар бир-бирине қарама-қарсы сөзлерди табыў арқалы жақсы,жыллы сөзлер ҳәм қарама-қарсы болған суўық, жаман сөзлер менен танысады. Олардың турмыстағы орнын анықлайды,бул сөзлердиң қолланыў дәрежесин билип алады.сөз өнерине болған қызығыўшылығы әдеўир асады.

Шынығыўды өткериў тәртиби:Шынығыў «Қәдембе-қәдем» усылы тийкарында шөлкемлестириледи. Яғный шынығыў даўамында әмелге асырылыўы керек болған ҳәр бир ис қәдем деп алынады ҳәм бир қәдемде оқыўшылар қандайда бир искерликте қатнасады яки қандайда бир ис орынланады. Мәселен, «Бир-бирине қарама-қарсы мәнидеги сөзлерди айт » темасындағында тәрбиялық шынығыў өткереў тәртибин келтиремиз:

1-қәдем-оқыўшылар оқытыўшы тәрепинен тарқатпа материал тәрепинен жазылған сөзлерди дыққат пенен оқып шығыўлары ҳәм ҳәр бир сөзге антонимин табыў ҳәм жазыў зәрүр:

Жақсылык- ……, Кеўилшеңлик-…….., Жуўапкершилик-………,

Ҳақыйқатлық-……, Зийреклик-………, Қайыр-сақаўат-……..,

Еркинлик- ……., Әдалат-……., Адамгершилик …….,

2-қәдем-оқыўшылардан ҳәр бир сөзге тәрийп бериў талап етиледи.

3-қәдем-топарларға бөлинип,келтирилген сөзлер қатнасыўында гүрриң яки ертек дүзиў усыныс етиледи.

4-қәдем-топарлар бир-бириниң гүрриңлери (ертеклери) бойынша сораў-жуўап өткизеди.

5-қәдем-топар ислери өз-ара баҳаланады.

6-қәдем-оқытыўшы шынығыўды жуўмақлайды. Бул тренингди мектеплерде қарақалпақ әдебиятын оқытыўда сабақтан тыс жумыслардың бир формасы сыпатында қандайда бир жазыўшы яки шайырдың дөретиўшилигин уйрениўде көркем шығармадағы образларды унамлы ҳәм унамсыз деп екиге бөлип,ондағы адамгершиликтиң жақсы ҳәм жаман сыпатларды оқыўшыларға ажыратып көрсетиўде ҳәм өмирдеги жақсы ҳәм жаман нәрселерди ажырата билиўге, әдеп-икрамлыкқа тәрбиялаўда қолланса күтилген нәтийжени береди.

«БАЙЛАНЫС» Тренинги-жәмәәтлик гүрриң ямаса ертек дүзиў

Тренингдиң мақсети:-Окыўларды бир жәмәәт болып ислесиўге үйретиў; бир-бири менен жақыннан таныстырыў;

-Дослық мүнәсийбетти ҳәм дөретиўшилик орталықты жүзеге келтириў;

-Оқыўшылар ортасындағы руўҳый тосықларды жеңиўге үйретиў;

Тренингден күтилетуғын нәтийже: Бул тренингоқытыўшы ҳәм оқыўшылар жәмәәтин,оның тәбияты, дөретиўшилик имканиятлар,қәбилетлери,иске мүнәсийбетлери,сондай-ақ,педагогикалық процессте ким менен қандай ислеўин,неге итибар қаратыўын,кимге неде жәрдем бериўин,кимди қоллап-қуўатлаўын ҳәм тағы басқалардвыбилиўге имкан жаратады.

Шынығыўды өткериў тәртиби: Шынығыў басланыўдан алдын оқытыўшы илтимасына гөре оқыўшылар хананың кириў жеринде арнаўлы столға таярлап қойылған санлар жазылған кагазлардан биреўин таңлап алады (санлы қағазлар оқыўшылар саны бойынша таярланады) ҳәм шеңбер формасында қойылған стулларға барып жайласады.

Оқыўшы өз орынларын ийелеп алғаннан кейин оқытыўшы олар менен дүзилетуғын гүрриңниң темасын келисип алады яки оқытыўшының өзи қандайда бир тема усыныс етеди (гүрриң темасы оқыўшының жасы, қызығыўшылықларын есапқа ҳалда басынан кеширгенлер, турмыслық яки жаслар өмири, әдеп-икрамлылық ҳаққында болыўы мумкин)

Шынығыў оқыўшылардан биреўи қандайда бир тема яки таңлаған тема тийкарында гүрриңнен баслаўы мүмкин (онша актив болмаған топарларда тема бойынша гүрриңди оқытыўшының өзи баслап береди.) Гүрриңди баслаған оқыўшы оның ең кызықлы жеринде айтыўдан тоқтап, «Гүрриңниң даўамы …….санлы оқыўшыда» дейди. Саны көрсетилген оқыўшы гүрриңди (ўақыяны) тоқтаған жеринен (темадан шықпаған ҳалда) баслап даўам етип кете береди. Бул оқыўшы да әўелги оқыўшы сыяқлы гүрриң ең қызықлы жеринде токтап, «Гүрриңниң даўамы …….санлы оқыўшыда» дейди.Мас сан көрсетилген оқыўшы гүрриңди (ўақыяны) тоқтаған жеринен даўамлайды. Гүрриңди айтыў, оны даўам еттириў оқыўшының ҳәр бир қатнаспағанша сол тәризде даўам етиледи. Оқытыўшы окыўшылардың айтып атырган гүрриңлери бир-бирине логикалық жактан байланысқан ҳәм мазмунга ийе болыўын баклап отырады ҳәм темадан, мазмуннан шетлесип шығып баратырған болса, бул жағдайды туўрылап барады.

Гүрриң дүзилгеннен сон оқытыўшы бәршеге миннетдаршылық билдиреди ҳәм керекли усынысларын билдиреди.

Сондай-ақ оқыўшылар жәмәәтин бир пүтин топар формасында қәлиплестириўде оқыўшылар ортасындағы мүнәсийетиниң унамлы болыўына жәрдем бериўши бул сыяқлы тренинглер жудә коп,оларды өткериў тәртиплери ҳәм түрлише.Мәселен, жәмәәт болып ертек тоқыў (шеңбер формасында орналасқан оқыўшылардан бири ертекти баслап береди,жанында отырған оны даўам етеди. Тийкарғы шәрти ҳәр бир оқыўшы ертекти даўам еттириўде тек бир пикир (гәп) қолланылады, сол тәризде оқыўшылар избе-излиги биреўден гәп айткан ҳалда ертек тоқыйды.

Ертек мазмунлық жақтан тамамланбағанша даўам. еттириледи.Ортада үзилислерди муғаллим бақлап, дүзетип барады. Мәселен,бир оқыўшы: «Бир бар екен ,бир жок екен»десе, екинщи оқыўшы «Аш екенде, тоқ екен » дейди, ал үшинши оқыўшы «Қәдимги өткен заманда Шындаўлы деген шәҳәрде бир бай жасаған екен » деп жалғастырады, төртинши оқыўшы……ҳ.б.

Мектеплерде қарақалпақ әдебияты пәни бойынша бул тренингден сабақтан тыс жумылардың бири сыпатында 5-6-класс оқыўшыларына қарақалпақ әдебиятын оқытыў дәўириниң дәслепки күнлеринде шөлкемлестирсе максетке муўапық болар еди ҳәм мектеп оқыўшылардың көркем сөз өнерине қызығыўшылығы оянып, көркем әдебияттын реңбе-рең әлемине алып кириўге мүмкиншилик жаралады деген пикирдемиз.

Жуўмақлап айтқанда, мектеплерде қарақалпақ әдебиятын оқытыўда муғаллим тәрепинен биз атап келтирген дәстүрий емес усылларда сабақтан тыс жумысларды шөлкемлестириўи ҳәм оны өткериўи көзде тутылған педагогикалық искерликтиң нәтийжелерди берип, мектеп оқыўшыларын ақлый-интеллектуал жақтан раўажландырып қоймастан, олардың руўҳый тәрептен кәмилликке ерисиўинде де үлкен тәрбиялық характерге ийе.